Нөкис районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў мәселелери көрип шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, берилген тапсырмалардың орынланыўының тәмийинлениўи мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Онда республикалық мәкеме-шөлкемлер, тийисли министрлик басшылары, район жуўапкерлери ҳәм мәҳәлле белсендилери қатнасты.
Сын көз қараста өткерилген мәжилисте халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, мәҳәллелердеги халықтың тиккелей кеўил-кейпиятына тәсир етип турған машқалаларға шешим табыў, белгиленген ўазыйпалардың, мәмлекетлик бағдарламалар  шеңбериндеги жумыслардың орынланыўы мәселелери көрип шығылды. 
Сондай-ақ, исбилерменликти раўажландырыўға көмеклесиў, пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына жақыннан жәрдем бериў, қыйтақ жер мәдениятын арттырыў, жаслардың егислик майданларында дәрамат алыўын тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер де қарап шығылды.
Мәжилис даўамында өз ўазыйпасын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкерлер ескертилип, айырымларына интизамий жаза шараларын қоллаў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.