Тез медициналық жәрдем ушын заманагөй реанимобиль автотранспортлары тапсырылды
Бүгин Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Санитариялық авиация хызметине Жәҳән банкиниң "Қыстаўлы медициналық жәрдемди жетилистириў" кредит жойбары шеңберинде заманагөй "Форд" маркалы арнаўлы реанимобиль автотранспортлары тапсырылды.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Отемуратов, Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў системасының ўәкиллери, орайдың басшылары ҳәм медицина хызметкерлери қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер бул автотранспорт қураллары наўқасларға сапалы қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў, оның сапасы ҳәм қамтып алыўын және де арттырыўға хызмет ететуғынын айрықша атап өтти ҳәм автотранспортлардың гилтлерин салтанатлы түрде тапсырылды.