Төрткүлде заманагөй амфитеатр қурылысының ирге тасы қойылды
Ҳүрметли Президентимиздиң «2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 454-санлы қарарына тийкар арнаўлы бағдарлама қабыл етилип, усы тийкарда республикамызда кең көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Қарар шеңберинде бүгин төрткүлшилер ушын әҳмийетли ҳәм тарийхый ўақыялардың бири жүз берди десек асыра айтқан болмаймыз. Бүгин «Шадлық» мәкан пуқаралар жыйынында 2000 орынлы заманагөй Амфитеатр имаратын қурыў жумысларының ирге тасы қойылды.
Салтанатлы илажда район ҳәкими И.Худайбергенов, нуранийлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм жойбарды әмелге асырып атырған кәрхана басшылары қатнасты. Иләжда сөзге шыққанлар жойбардың район халқының турмысындағы әҳмийетли ҳаққында кең түрде атап өтти.
Атап өтиў орынлы, арнаўлы бағдарлама шеңберинде 13 млрд. сум қаржы ажыратылған болып, қурылыс жумыслары алып барылыўы белгиленген.