Ветеран футболшылар Қарақалпақстан бириншилигинде беллести
Нөкис қаласында «Нураныйлар итибарда» сүрени астында республикамыз нураныйлары арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, олардың физикалық белсендилигин арттырыў мақсетинде, 60 ҳәм оннан жоқары жаста болған ветеран футболшылар арасында спорттың мини футбол түринен Қарақалпақстан бириншилиги болып өтти.
«Нураный» фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими тарепинен шөлкемлестирилген беллесиўлерде Нөкис қаласы ҳәм районлардан 16 команда қатнасты. Қызғын өткен жарыстың финал ойынында Нөкис қаласы командасы биринши орынды ийелеўге еристи. Төрткүл районы ветеранлары екинши орын. Ал, сыйлы үшинши орын Хожели ҳәм Беруний районлары командаларына несип етти.
Өткерилген жарыс соңында жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.
Сондай-ақ «Ең жақсы ҳүжимши» номинациясы бойынша Хожели районынан Розимов Орынбай, «Ең жақсы қорғаўшы» номинациясы бойынша Беруний районынан Таджибаев Шавкат, «Ең жақсы дәрўазаман» номинациясы бойынша Нөкис қаласынан Мишенов Мақсет баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.