Мәмлекетимизде ислеп шығарылып атырған автомобильлер ушын аўысық бөлеклерди ислеп шығарыў бойынша жаңа жойбарлар көрип шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Ўзавтосаноат» акционерлик жәмийети басқарыўы баслығы У.Рўзиқулов, «АДМ Global» компаниясы бас директоры Д.Давлетияров, компанияның сыртқы байланыслар ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен бирге ислесиў басқармасының директоры С.Аббасов, «АDМC DASAN» компаниясы бас директорының орынбасары, локализациялаў бөлими баслығы А.Солиев пенен ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда автомобилсазлықты раўажландырыў бағдарында бирге ислесиў, мәмлекетимизде ислеп шығарылып атырған автомобиллер ушын аўысық бөлеклерди ислеп шығарыўды жолға қойыў арқалы локализациялаў жумысларын жеделлестириў, биргеликте жойбарларды әмелге асырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер ҳаққында сөз етилди.
Буннан соң әмелге асырылыўы белгиленген жойбарлар презентациясы көрип шығылып, усыныслар билдирилди.

Өз нәўбетинде, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық орталықты еле де жақсылаў бағдарында өз алдына берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтип, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай жойбар қоллап-қуўатланатуғынлығын айтты.
Ушырасыў жуўмағында мийманлар жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын өз миннетдаршылығын билдирди ҳәм биргеликте перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисип алынды.

Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде KIA автомобиль ислеп шығарыў компаниясының бөлимин Қарақалпақстанда ашыў, аўысық бөлеклер ислеп шығарыў мәселелери де үйренилип атырған болып, бул бойынша әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.