Қытай компаниясы менен қурылыс тараўында бирге ислесиўди беккемлеў бойынша әҳмийетли келисимге қол қойылды

Жақында қурылыс тараўындағы инвестициялық жойбарларды додалаў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы И.Сдыков басшылығындағы республикамыз делегациясы Қытай Халық Республикасына хызмет сапары менен барды.
Сапар шеңберинде «METALLURGICAL CORPARATION OF CHINA LIMITED» (China MCC17 Group Ltd…) компаниясы имаратында Қарақалпақстан делегациясы ҳәм усы компания баслығы, Партия хаткери Лю Аньи менен ушырасыў өткерилди. Онда еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў, қурылыс тараўында биргеликте жойбарларды әмелге асырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм перспективалы жойбарлар үстинде бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барылды. 
Өткерилген ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм кеңейтиў мәмлекетлер басшыларының айрықша қоллап-қуўатлаўы менен жаңа басқышларға көтерилип атырғанлығы, республикамыздың инвестиция ҳәм қурылыс тараўында Қытай компанияларының орны айрықша екенлиги кең түрде атап өтилди. 
Сөйлесиўлер даўамында компания баслығы Лю Аньи ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министри Қ.Айтбаев арасында стратегиялық бирге ислесиў бойынша шәртнамаға қол қойылды.
Буннан соң, делегация ағзалары «China MCC17 Group Ltd…» компаниясының корпоратив көргизбелер залы, санлы басқарыў орайы, технология орайы ҳәм «Four Harmonies» көргизбе залында болып, компания жумыслары менен жақыннан танысты.
