Шымбай районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери кең түрде талқыланды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикалық ҳәм районлық мәкеме-шөлкемлер жуўапкерлери қатнасыўында Шымбай районын раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Онда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар, халықтың мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери көрип шығылды.
Атап өтиў орынлы, районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама тийкарында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген. Буның ушын қаржылық дереклери ҳәм имканиятлар да жаратылған.
Бирақ, айырым орынларда мәкеме-шөлкем басшылары ҳәм жуўапкерлер, сондай-ақ, мәҳәлле белсендилери тәрепинен кемшиликлерге жол қойылмақта.
Атап айтқанда, мәҳәллелердеги жумыслардың әмелде орынланыўы, берилген есабатларда қосып жазыўларға жол қойылғанлығы, абаданластырыў, пукаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында илажлардың талап дәрежесинде емеслиги сынға алынды.
Мәжилис даўамында өз ўазыйпасын атқарыўда қәте-кемшиликлерге жол қойған жуўапкерлер ийелеп турған лаўазымынан азат етилди. Айырым басшыларға интизамий жаза шарасы қолланылып, зәрүрлериниң лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.