Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ гезексиз алтыншы сессиясы болып өтти
Сессияға Өзбекстан Республикасы Бас Прокуроры Н.Йўлдашев, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымлары басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессия күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры туўралы мәселеси қарап шығылды.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры лаўазымына Аминов Шохрух Азаматовичтиң кандидатурасы усынылды.
Аминов Шохрух Азаматович прокуратура уйымларында жуўапкершиликли лаўазымларда, соннан, Сырдәрья ўәлаяты прокуроры, Наўайы ўәлаяты прокуроры, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары лаўазымларында жемисли жумыс алып барған.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди ҳәм Аминов Шохрух Азаматович Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры лаўазымына тайынланды.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңесиниӊ гезексиз алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.