Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы шөлкемлестирилген күн белгиленди

«4-август – Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы шөлкемлестирилген күн» мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, сәне мүнәсибети менен тараў хызметкерлери ҳәм ветеранларын қутлықлады ҳәм машақатлы, соның менен бирге, мақтанышлы жумысларында табыслар тиледи.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимиз тынышлығын сақлаў бағдарында жумыс алып барып атырған Қураллы күшлер ҳәмде ҳуқық қорғаў уйымларының жумысларын түпкиликли реформалаў, бул жолда аянбай мийнет етип атырған тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жумыс нǝтийжелилигин және де арттырыў бойынша кең кѳлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Әлбетте, бул әмелге асырылып атырған жумыслардың барлығы елимиздиң тынышлығын қорғаў, жәмийетте тәртип-интизам ҳүким сүриўин, ең баслысы, пуқараларымыздың тыныш уйқысын тәмийинлеўге қаратылған.
Бүгинги өткерилген илаж даўамында бир қатар тараў пидайылары сәне мүнәсибети менен көкирек белгилери, ҳүрмет жарлық, әскерий дәреже ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
