Қараөзек районында халықтың турмыс шараятын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районында халықтың турмыс шараятын жақсылаў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Дәслеп, Тоғай хожалығының 7 гектар жер майданында грант қаржылары тийкарында орнатылған жамғырлатып суўғарыў технологиясы көзден өткерилди. Сыртқы бийғәрез көмеклер ҳәм грант қаржыларын тартыў арқалы бундай жойбарларды көбейтиў керек екенлиги атап өтилди.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы «Бердақ» АПЖ дағы «Айтбай Жери» ЖШЖ кәрханасының бағшылық ҳәм палыз өнимлерин жетистириў жойбары, ҳүрметли Президентимиздиң 153-санлы қарары тийкарында жасларға ажыратылған жер майданларында жетистирилген өнимлер, «Ата мәкан» МПЖдағы Хожамуратов Шамураттың дийқан хожалығы, Сейдабуллаев Парахаттың жүзимгершиликти раўажландырыў бойынша жумысларын барып көрди. Жер менен тиллесип, оны дәрамат дерегине айландырыў арқалы шаңарағына қосымша дәрамат киргизип атырған шаңарақлар санын еледе көбейтиў керек екенлиги, буның ушын барлық имканиятлар жаратып берилгенлиги айрықша тилге алынды.
Жаслар орайы имаратында шет тиллерине оқытыў бойынша шөлкемлестирилген жумыслар, аралықтан хызмет көрсетиўши БПО орайында жасларды информация технологияларына оқытыў процеслери де көзден өткерилди.
«Есим» МПЖдағы Жуманазаров Полаттың үй шараятында қурылыс өнимлерин ислеп шығарыў жойбары, Даўлетяр Еримбетовтың үй шараятында мебель ислеп шығарыў, Жүгинис Палўаниязовтың айна өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары көрип шығылды. Исбилерменликти раўажландырыў бойынша барлық жәрдемлерди көрсетиў, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.