Елимизде футзал спортын раўажландырыў мәселелери талқыланды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ϴзбекстан футзал федерациясыныӊ президенти Бекзот Маматқулов пенен ушырасты.
Онда дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўлар қатарында, спортты раўажландырыўға ҳәм ғалаба ен жайдырыўға кең имканиятлар жаратылып атырғаны, әсиресе, жасларымыз арасынан елимиздиң байрағын дүньяға еле де танытатуғын спортшыларды жетилистирип шығарыўға үлкен итибар қаратылып атырғаны атап өтилди. Сондай-ақ, усындай итибар нәтийжесинде командалық спорт түрлери бойынша жоқары нәтийжелерге ерисилип, усы қатарда жаслар арасында миллионлар ойыны есапланған футбол ҳәм футзал ойынларына қызығыўшы жаслар саны артып атырғаны айрықша тилге алынды.
Буннан соң футболды раўажландырыў менен бирге футзал спортын да кеңнен ғалабаластырыў, жасларды бул спорт түрине еле де кеңнен тартыў, сондай-ақ, ϴзбекстан футзал федерациясыныӊ Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимин шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.
Ушырасыў даўамында Президентимиз тәрепинен жаратып берилген имканиятлардан пайдаланып, футзалды еле де ғалабаластырыў бойынша илажларды күшейтиў ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлар бойынша келисип алынды.