Қарақалпақстан Республикасында «Жаңа Өзбекстан Олимпия шыңлары» спорт жарысларының 2-басқышына старт берилди
Нөкис Олимпия ҳəм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында «Жаңа Өзбекстан Олимпия шыңлары» спорт жарыслары 2-басқышы беллесиўлериниң ашылыў салтанаты өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов ҳəм Спорт министри Е.Қутыбаевлар шығып сөйлеп, спортшыларға әўмет тиледи.
«Жаңа Өзбекстан Олимпия шыңлары» шеңберинде дәслеп спорттың таэквондо WТ түринен беллесиўлер өткерилди. Онда Республикамыздың барлық қала ҳəм районларынан келген жас спортшылар қатнасты.
Қызғын беллесиўерге бай түрде өткерилген жарыс жуўмағында жеңимпазлар диплом, медаллар ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Атап өтиў орынлы, бул басқышта табыслы қатнасып, жуўмағында өз салмақ категорияларында жеңимпаз болған қатнасыўшылар үшинши басқыш - Президент олимпиадасында қатнасыў имканиятын қолға киргизеди.