Ҳүрметли Қурылыс тараўы хызметкерлери, Қәдирли келешегимиз қурыўшылары!
Ҳүрметли Қурылыс тараўы хызметкерлери,
Қәдирли келешегимиз қурыўшылары!
Ең дәслеп, мәмлекетимизде кең түрде белгиленип атырған Қурылыс тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен бәрше тараў пидайылары ҳәм мийнет ветеранларын қызғын қутлықлаймыз.
Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиздиң раўажланыўын, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде сиз әзизлер, шебер қурылысшылар, инженер-механиклер, машина-механизмлерди басқарып атырған пидайы инсанлар, жойбарлаўшы-дизайнерлер, қурылыс санааты ўәкиллериниң тутқан орны айрықша.
Сизлердиң тымсалыңызда қала ҳәм аўылларымызда, пүткил елимизде жаңа ислеп шығарыў кәрханалары, әҳмийетли социаллық объектлер, заманагөй үй-жайлар, жол ҳәм көпирлерди қурып, турмысымызды еле де абат етиўге үлкен үлес қосып атырған кеңпейил кәсип ийелерин көремиз.
Мийнеткеш халқымыз барқулла сизлердиң машақатлы соның менен бирге, мақтанышлы мийнетлериңизди жоқары баҳалайды.
Сиз әзизлерди және бир мәрте кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлап, бәршеңизге саламатлық, шаңарағыңызға аманлық ҳәм тынышлық, қут-берекет тилеп қаламыз.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы