«Жаңа Өзбекстан Олимпия шыңлары» спорт жарысларының 2-басқышына старт берилди
«Жаңа Өзбекстан Олимпия шыңлары» спорт жарысларының 2-басқышының ашылыў салтанаты болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жарыстың ашылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады ҳәм спортшыларға әўмет тиледи.
Атап өтиў орынлы, 5-28-август күнлери аралығында «Жаңа Өзбекстан Олимпия шыңлары» спорт жарысларының 2-басқышы шеңберинде жәми 10 спорт түри бойынша жеңимпазлар анықланыўы белгиленген. Бул басқышта табыслы қатнасып, жуўмағында өз салмақ категорияларында жеңимпаз болған қатнасыўшылар үшинши басқыш - Президент олимпиадасында қатнасыў имканиятын қолға киргизеди.
Буннан соң күн даўамында өткерилиўи белгиленген беллесиўлер баслап жиберилди. Онда Республикамыздың барлық қала ҳəм районларынан келген жас спортшылар қатнасты.
Қызғын қарама-қарсылықларға бай түрде болып өтетуғын жарыс жуўмағында жеңимпазлар диплом, медаллар ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.