Тахтакопир районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў мәселелери көрип шығылды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Тахтакөпир районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги белгиленген ўазыйпалар, әмелге асырылыўы тийис илажлардың ҳәм алдынғы мәжилисте берилген тапсырмалардың орынланыўына арналған мәжилис өткерилди.
Онда республикалық мәкеме, шөлкем ҳәм тийисли министрликлер, район жуўапкерлери, мәҳәлле белсендилери қатнасты.
Мәжилисте дәслеп, белгилеп берилген тапсырмалардың бүгинги күнде орынланыўы, мәҳәллелерди абат етиў, инфраструктура менен байланыслы машқалаларды шешиў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жойбарлардың әмелге асырылыўы, жаңа кәрханалар жумысларын шөлкемлестириў, көп қабатлы үйлерди қурыў, қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен ен жайдырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаў барысында ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери сын көз-қараста көрип шығылды.
Соның менен бирге, пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў, қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўды ен жайдырыў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, кәрханалар жумысларына жақыннан жәрдем бериў, банк хызметлерин ҳәм базар инфраструктурасын жақсылаў бойынша да тапсырмалардың орынланыўы мәселелери де талқыланды.
Онда сондай-ақ, бул жумысларды әмелге асырыўда айырым жуўапкерлердиң өз ўазыйпасына немқурайлық пенен қарап атырғаны сынға алынып, кемшиликлер атап өтилди. Соның менен бирге, өз ўазыйпасын атқарыўда қәте-кемшиликлерге жол қойған айырым жуўапкерлер лаўазымынан азат етилди. Бир топар басшы ҳәм жуўапкерлерге интизамий жаза-шарасын қоллаў, зәрүр болса, лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.