Жоқарғы Кеңес Баслығы Қоңырат районында болды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларды үйрениў, исбилерменлердиң мәселелерин тыңлаў, жасларды кәсипке бағдарлаў жумысларын үйрениў мақсетинде Қоңырат районында болды.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы «Суўенли» АПЖдағы «Сағыр» аўылында ишимлик суўы менен тәмийинлеў машқаласы бойынша аўыл турғынлары менен ушырасты. Онда аўыл халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде суў тазалаў объектин қурыў ушын тийисли қаржыларды ажыратыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Буннан соң, «Алмазар» МПЖдағы социаллық үйдеги машқалаларды шешиў бойынша алдынғы берилген тапсырмалардың орынланыўы көрип шығылды. Берилген тапсырмаларға тийкар бүгинги күнде көп қабатлы имаратты ақаба суў тармақларында оңлаў жумыслары алып барылып, энергия тармақлары ушын арнаўлы есаплағышлар орнатып берилген.
«Әдебият» АПЖ аймағындағы Тиркиш ҳәм Саят аўылларын байланыстырыўшы авариялық жағдайдағы көпир барып көрилди. аўыл ақсақаллары менен пикирлесилип, жуўапкерлерге машқалаланы шешиў ушын ажыратылыўы тийис қаржылардың есап-санағын ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
«Beruniy-Agrostar» ЖШЖ тәрепинен шарўа ушын азықлық жетистириў бойынша агроплантация жаратыў жойбары, «KUNGRAD LESTORG» ЖШЖниң ағаш өнимлерин ислеп шығарыў жойбары ҳәм жаңадан шөлкемлестирилген логистика орайы жумыслары көзден өткерилди.
Буннан соң, «Кийет дийқанлары» ислеп шығарыў кооперативи тәрепинен «бир контур – бир өним» өлшеми тийкарында шөлкемлестирилген жумыслар, «Кәсиплик көнликпелер орайы»ның райондағы филиалында шөлкемлестирилген тил үйретиў курслары, аралықтан хызмет көрсетиўши БПО орайы жумыслары көрип шығылды.