Нөкис қаласында эко марафон өткерилди
752

Бүгин Нөкис қаласында "СҚБ ЭКО ЯРЫМ МАРАФОН" атамасында жуўырыў марафоны болып өтди.
Марафонда 5км, 10 км ҳәм 2 км аралықларға жуўырыў ушын 2 мыңға жақын халық ўәкиллери қатнасты.
Марафонның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Онда Өзбекстан Санаат Қурилиш банки маркетинг департаменти директори А.Маджидов, Green banking департаменти директори Б.Султонмуродов, Спорт министри Е.Қутибаев қатнасты.
Буннан соң марафонға старт берилди.
Жарыс жуўмағында жеңимпазларыға баҳалы саўғалар, қаржылай сыйлықлар тапсырылды.


