Бир топар белсенди исбилерменлер сыйлықланды
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Исбилерменлер күни мүнәсибети менен бир топар белсенди исбилерменлерди сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен бүгинги күнде оғада əҳмийетли болған, исбилерменлик жумысын кеңейтиў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша турмысқа енгизилип атырған басламалар, қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Илажда атап өтилгениндей, соңғы жылларда Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар регионда исбиерменликти раўажландырыў, инвестициялық тартымлықты арттырыў ҳәм экономикалық өсимди тәмийинлеўде беккем тийкар болып хызмет етпекте. Қысқа ўақыт ишинде жаңадан-жаңа объектер иске түсирилип, ири көлемдеги инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өткерилген илажда мине усындай ийгиликли жумыслар кең түрде атап өтилди.
Байрам илажында ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пәрманлары тийкарында сыйлықланған Кегейли районындағы "Арзыў" көп тармақлы фермер хожалығының баслығы Салиева Палзадаға «Дўстлик» ордени, Төрткүл районындағы "115-Төрткүл автокәрханасы" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң шөлкемлестириўшиси Керимбаев Ғайратдин ҳәм Нөкис қаласындағы "Good Cafe" шаңарақлық кәрханасының басшысы Мамутова Махираға «Шуҳрат» медалы, сондай-ақ, 6 белсенди исбилерменлеримизге “Фаол тадбиркор” көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды.
Буннан тысқары, Жоқарғы Кеңес Президиумы қарары менен бир қатар исбилерменлер Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.