Нөкис районында жаңа бақша пайдаланыўға тапсырылды
129
Нөкис районы “Тақыркөл” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан қурылған 18-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды.
Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 18-сентябрьдеги «Ислам раўажландырыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық қоры қатнасында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққындағы»ғы 5246-санлы қарарына муўапық, жаңа бақша имараты қурып питкерилди.
Мағлыўмат ушын, 120 орынға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў ушын 5млрд.388 млн сум қаржы ажыратылып, жаңа объект қысқа мүддет ишинде пайдаланыўға тапсырылды.