Қоңырат – Мойнақ автомобиль жолының 91 км бөлегинде оңлаў жумыслары алып барылады
119
Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасы ушын өз алдына қабыл етилген 248-санлы қарары менен Қарақалпақстан Республикасында 2025-2026-жылларда оңлаў жумыслары алып барылатуғын автомобиль жолларының мәнзилли дизими тастыйықланды.
Дизимге муўапық, Қоңырат – Мойнақ автомобиль жолының 91 км бөлегин оңлаў белгиленген болып, буның ушын 21 млрд. сум қаржы ажыратылады.
Сондай-ақ, Нөкис қаласынан Тахтакөпир районына алып барыўшы «D-234» Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автомобиль жолының 59 км бөлегин оңлаў жумысларын баслаў ушын 15 млрд. сум қаржы ажыратылыўы белгиленген.