Қарақалпақстанда 328,1 км жергиликли автомобиль жоллары капитал оңланады
Ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 10-октябрьдеги «Жол хожалығы тараўын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 330-санлы қарары тийкарында
Қарақалпақстан Республикасында жергиликли әҳмийетке ийе автомобиль жолларын капитал оңлаў жойбары әмелге асырылыўы белгиленген.
Азия инфраструктуралық инвестициялар банки (АИИБ) қатнасыўында қаржыландырылып атырған жойбардың улыўма баҳасы 106,3 млн. долларды қурайды.
Жойбар шеңберинде Қанлыкөл, Кегейли, Тахтакөпир, Шоманай, Әмиўдәрья, Беруний, Нөкис, Қараөзек, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында улыўма пайдаланыўдағы жергиликли әҳмийетке ийе 328,1 км узынлықтағы оңлаўға мүтәж автомобиль жолларын капитал оңлаў нәзерде тутылған.
Бул баслама Қарақалпақстан аймағында транспорт инфраструктурасын жақсылаў, халықтың ҳәрекет имканиятларын кеңейтиў ҳәм экономикалық белсендиликти арттырыўға хызмет етеди.