Жаңа оқыў жылы 1-курслар ушын 3-сентябрьден, жоқары курслар ушын 8-сентябрьден басланады
126
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң тийисли буйрығы менен жоқары оқыў орынлары ҳәм академиялық лицейлерде жаңа 2025/2026-оқыў жылын баслаў сәнелери тастыйықланды.
Оған муўапық:
🔹академиялық лицейлердиң барлық басқыш оқыўшылары ҳәм жоқары оқыў орынларының 1-басқыш студентлери ушын сабақ процесслери 2025-жыл 3-сентябрьден;
🔹жоқары оқыў орынларының 2- ҳәм оннан жоқары басқыш студентлери ушын 8-сентябрьден басланады.