Жаңадан қурылған 500 орынлық студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жаңадан заманагөй типте ҳәм Мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында қурылған студентлер турақ жайының пайдаланыўға тапсырылыўына арналған салтанатлы илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитети баслығы М.Атамуратов шығып сөйлеп, жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Илажда атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўлар қатары билимлендириў тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бойынша жумыслар жаңа басқышларға көтерилмекте.
Жаңадан пайдаланыўға тапсырылған студентлер турақ жайының қурылыўы да мине усы бағдардағы ийгиликли ислерден болып, заманагөй архитектуралық стандартлар тийкарында қурылған объект улыўма 500 студентти өзинде қамтыў имканиятына ийе ҳәм онда жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.