Елликқала районында жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар көзден өткерилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районында халықтың турмыс жағдайын жақсылаў, жана жумыс орынларын жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды үйрениў мақсетинде усы районда болды.
Дәслеп, районда жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери барып көрилди. Соннан, «SALIM KURAMBOY» фермер хожалығында әмелге асырылған балықшылық жойбары ҳәм «UMIDBEK ODILBEK» ЖШЖниң ыссыханада лимон жетистириў жойбары үйренилди. Жоқарғы Кеңес Баслығы жерден нәтийжели пайдаланыў бойынша бундай жойбарлар еле де кеңнен ен жайдырылыўы керек екенлигин атап өтти.
Буннан соң, «Елликқала» аўылындағы «SHOX MEGA STROY BIZNES» ЖШЖниң бетон өнимлерин ислеп шығарыў жойбары, «Амиробод» аўылындағы «ULLI MIRSAID OTA FIRMASI» кәрханасының қурғақ бетон араласпаларын ислеп шығарыў жойбары, «АМИРОБОД ЖЕЙРОН» инновациялық пахта-ғәлле кластери жумыслары көзден өткерилди. Исбилерменлердиң өз жумысын еле де кеңейтиўи ушын жақыннан жәрдем бериў, буның ушын барлық илажларды көриў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
«INNOGRAPX» ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилген IT экспорты хызметлерин усыныў, мәмлекетлик емес кадастр ҳәм оқыў курслары жумыслары көрип шығылды. Исбилерменлердиң бундай басламалары көпшиликке үлги сыпатында көрсетилип, бундай жойбарлар санын еледе көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди. Үйрениўлер даўамында 60-санлы шаңарақлық поиклиникада әмелге асырылған санластырыў жумыслары көрип шығылды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы буннан кейин Елликқала районында алдағы ўақытта әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери ҳәм нураныйлар менен ушырасты. Машқалалар тыңланып, режелер белгиленди.