Елликқала районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери кең түрде талқыланды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикалық ҳәм районлық мәкеме-шөлкемлер жуўапкерлери қатнасыўында Елликқала районын раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Онда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар, халықтың мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери көрип шығылды.
Атап өтиў орынлы, айырым орынларда мәкеме-шөлкем басшылары ҳәм жуўапкерлер, сондай-ақ, мәҳәлле белсендилери тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаўда кемшиликлерге жол қойылмақта.
Мәжилис даўамында жуўапкерлер ескертилип, айырымларына интизамий жаза шарасын қоллаў, зәрүр болса лаўазымына ылайықлығын көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.