Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында Қанлыкөл районында жасларға жаңа үй-жайлар тапсырылды
85
Мәмлекетимизде бағыўшысын жоғалтқан ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың социаллық жақтан қорғалыўын күшейтиў, оларды турақ жайлар менен тәмийинлеў, үлкен турмысқа таярлаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў системасын жетилистириў мақсетинде бир қатар әмелий иләжлар алып барылмақта.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 9-август күнги қарары мине усындай жасларды қоллап-қуўатлаўға тийкар болып хызмет етпекте. Усы қарарға муўапық, Қанлыкөл районындағы 2 жасқа жаңа үйлер тапсырылды. Мәмлекетимиз басшысының аталарша ғамхорлығы себеп бул жаслардың әрманлары әмелге асты.