Шымбай районында IT-қалаша пайдаланыўға тапсырылды
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2024-жыл 13-май күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде IT-тараўын шетки аймақларда да раўажландырыў мақсетинде мәмлекетимиздиң бир қатар аймақлары қатарында Шымбай районында да IT-қалаша шөлкемлестириў белгиленген еди.
Усы тийкарда «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында IT-қалаша қурылып, бүгин усы объект пайдаланыўға тапсырылды.
Атап өтиў орынлы, Президентимиз қалашалар жаслар ушын қолайлы орында болыўы менен бирге жоқары маманлыққа ийе қәнигелер билим бериўи керек екенлиги бойынша айрықша тапсырма берген еди. Усы тийкарда, республикамыздың арқа районлары жаслары ушын қолайлы орынлардың бири сыпатында усы аймақта қалаша шөлкемлестирилди. Бул қалаша өз нәўбетинде, жаслардың заманагөй кәсип ҳәм билим ийелеўи ушын үлкен имканият орталықларының бирине айланады десек алжаспаған боламыз.