Япония тәжирийбеси Қарақалпақстанда: Нөкисте " U-HOPE-2025" бағдарламасы иске түсти
Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыўда жаңа бет ашылды. Нөкис қаласында «Бизнести раўажландырыў банки» тәрепинен «Yori-I» жойбары шеңбериндеги
«U-HOPE-2025» халықаралық инновациялық бағдарламасының ашылыў мәресими шөлкемлестирилди. Бул бағдарлама Японияның алдынғы тәжирийбелерин жергиликли исбилерменлик орталығына енгизиўге қаратылған.
Өзбекстан Президентиниң киши бизнести қоллап-қуўатлаў бағдарындағы басламалары, атап айтқанда, япон модели тийкарында исбилерменлерди оқытыў ҳәм Қарақалпақстанда
50 менторды таярлаў зәрүрлиги «U-HOPE-2025 СТАРТ» жойбарының тийкарын қурайды. Бул жойбар Бизнести раўажландырыў банки тәрепинен Ямагата университетиниң бирге ислесиўинде әмелге асырылмақта.
Япония ноу-хауларына тийкарланған ҳалда таярланатуғын 50 ментор өз билимлерин басқаларға жеткерип, аймақта исбилерменлик жумысын жанландырыўға, жаңа жумыс орынларын жаратыўға ҳәм халықтың турмыс дәрежесин
арттырыўға үлес қосады. Бул жойбар арқалы Қарақалпақстан экономикасына японша анықлық ҳәм инновациялық көзқарас кирип келиўи күтилмекте.