Қарақалпақстанда Төрткүл - Елликқала - Беруний айланба жолы қурылады
Азия раўажланыў банки Қарақалпақстан жолларын модернизациялаў ушын $230 млн доллардан артық қаржы ажыратады
Азия раўажланыў банки (АРБ) Транскаспий халықаралық транспорт коридорының (Орта коридор) әҳмийетли бөлегин модернизациялаў ушын Өзбекстанға 233,1 млн доллар қарыз ажыратыўды мақуллады. (https://www.adb.org/uz/news/adb-supports-strategic-road-upgrade-uzbekistan)
Орта жолдың турақлылығын арттырыў ҳәм модернизациялаў жойбары Қарақалпақстан Республикасындағы «Ғузар - Бухара - Нөкис – Бейнеў» (А380) автомобиль жолының дерлик 87 км бөлегин реконструкциялаўды нәзерде тутады. Жойбар шеңберинде 75 км узынлықтағы жаңа айланба жол
(«Төрткүл - Елликқала – Беруний») қурылысы ҳәм бар болған А380 автомобиль жолының 12 км бөлегин қайта қурыў режелестирилген.
Жойбар климатқа шыдамлы шешимлерди, соның ишинде, цемент-бетон қапламалар, бийик көтермелер ҳәм жетилистирилген дренаж системаларын енгизиўди нәзерде тутады. Бул болса, климат тәсири ҳәм экстремал ҳаўа-райы шараятларына шыдамлылықты арттырады.
Бул инвестиция Өзбекстанның регионаллық транзит орайы сыпатындағы орнын беккемлейди ҳәм Қарақалпақстанда инклюзив экономикалық өсиўди қоллап-қуўатлайды. Климатқа шыдамлы инфраструктура ҳәм ақыллы транспорт системаларын қолланыў арқалы жойбар
узақ мүддетли турақлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди, соның менен бирге, халық ҳәм исбилерменлер ушын қәўипсиз ҳәм нәтийжелирек ҳәрекет етиў имканиятын жаратады.
Сондай-ақ, жойбарда жол бойлап бес дем алыў ҳәм хызмет көрсетиў орны шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған. Оларда, соның ишинде, электромобиллерди қуўатлаў шақапшалары және ҳаял-қызлар ушын қәўипсиз ҳәм қолайлы шараятлар жаратылады.
Жойбардың улыўма баҳасы 293,7 миллион долларды қурап, Өзбекстан ҳүкимети 60,6 миллион доллар муғдарында үлес қосады.