112 жаслы Норжон мамаға «Шуҳрат» медалы тапсырылды
«Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетлик хызметкерлер және ислеп шығарыў ҳәм социаллық-экономикалық тараўлардың хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы
Президент Пәрманында Беруний районында жасап атырған Норжон ана Зарипова да орын алған еди.
«Шуҳрат» медалына мүнәсип деп табылған Н.Зариповаға Президентимиздиң жоқары сыйлығын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов тапсырды ҳәм байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Өмирин атызда әпиўайы жумысшы болып ислеп өткерген Н.Зарипова пахташылық ҳәм ғәллешилик тараўында үлкен тәжирийбе арттырып, мол пахта ҳәм ғәлле жетистириў бағдарында жемисли мийнет еткен.
1913-жылы туўылған 112 жасар ана пүткил өмири даўамында аўыл хожалығын раўажландырыў жолында хызмет еткен болса, бүгинги күнде Ўатанымызға тынышлық, ел-журтымызға аманлық, жасларымызға күш-ғайрат тилеп келмекте. Норжон мама бүгинги күнде тәрбиялап камалға келтирген 9 перзенти, 30 ақлығы, 60 шаўлығы, 11 қуўлығы қушағында ҳәммени аўызбиршиликке шақырып жасап келмекте.