Шоманай районындағы көп тармақлы поликлиниканың өз алдына имараты пайдаланыўға тапсырылды
Шоманай районы медицина бирлеспесине қараслы Көп тармақлы поликлиниканың өз алдына имараты жоқ екенлиги себепли, медицина бирлеспесиниң бир бөлиминде жергиликли пуқараларға хызмет етип келген еди.
Ҳүрметли Президентимиздиң 404-санлы қарарыменен районлық поликлиниканың жаңа имаратын қурыў "Социаллық ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў" бағдарламасына киргизилип, 9,4 млрд. сум қаржы тийкарында жаңа имарат қурылды ҳәм пайдаланыўға тапсырылды.
400 қатнаў қуўатлылығына ийе жаңа Көп тармақлы орайлық поликлиника заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген болып, медициналық жәрдем көрсетиў ушын барлық зәрүрли шараятлар жаратылған. Бул болса өз гезегинде Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы қарсаңында халқымыз ҳәм медицина хызметкерлери ушын үлкен саўға болды.