Кегейли районында жаңа мәмлекетлик бақша пайдаланыўға тапсырылды
71
Кегейли районы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйынында 90 орынға мөлшерленген заманагөй мәмлекетлик бақша пайдаланыўға тапсырылды. Жойбардың улыўма баҳасы 4 млрд. 576 млн. сумды қурайды.
Жаңа бақшаның ашылыўы жергиликли халық ушын үлкен қолайлық жаратты.
Бул бақшаның жумыс баслаўы Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллық байрамы қарсаңында аўыл балаларына мүнәсип саўға болды.