Студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды
Өзбекстан Республикасында жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар шеңберинде студент-жасларды қолайлы жасаў шараятлары менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Усындай ийгиликли жумыслардың даўамы сыпатында Қарақалпақстан медицина институтында 350 орынлық жаңа студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды.
Бул турақ жайдың мәмлекетлик ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығы алдында пайдаланыўға тапсырылыўы студент-жаслар ушын үлкен саўға болды.
Студентлер турақ жайының қурылыўы ҳәм пайдаланыўға тапсырыўы – алыс аймақлардан келген ҳәм кем тәмийинленген студентлер ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз билимлендириў орталығын жаратыў, олардың оқыўға болған имканиятларын кеңейтиўға қаратылған илажардан есапланады.
Оңлаў жумысларына институттың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан 6 млрд. сумға шамалас қаржы жумсалды.