Алыс «Сарыоймаўыт» аўылында жаңа бақша пайдаланыўға тапсырылды
92
Ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 25-декабрь күнги «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социал ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 404-санлы қарары тийкарында Бозатаў районы «Еркиндәрья» АПЖ «Сарыоймаўыт» аўылынан мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратын жаңадан қурыў белгиленген еди.
Қарар менен 3 млрд. сум қаржы ажыратылып, 60 орынға мөлшерленген мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң қурылысы жумыслары әмелге асырылды ҳәм бүгин имарат пайдаланыўға тапсырылды.