Жаслар - мәмлекетимиздиң итибарында!
101
Мәмлекетимизде бағыўшысын жоғалтқан, ата-анасы қарамағынан айырылған балаларға айрықша итибар қаратылып, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2021-жыл 9-август күни қабыл етилген 5216-санлы қарары жасларды қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип шараят жаратыў бағдарындағы әҳмийетли илажларға тийкар болып хызмет етпекте.
Усы қарарға муўапық, Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллық байрамы алдынан бүгин Кегейли районында 2 жасқа жаңа турақ жайлардың гилти тапсырылды.
Бундай ийгиликли басламалар елимизде ҳәр бир инсан, әсиресе, жаслар итибарда екенлигиниң айқын көриниси есапланады.