Нөкис районында жаңа кәрхана иске түсирилди
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиң 34 жыллығы қарсаңында “Тақыркөл” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында "BEKMURAD NUKUS TR" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жаңадан от-жем (гранула) ислеп шығарыў кәрханасы иске түсирилди.
Ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы А.Жуманазаров, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов, район ҳәкими З.Зайтов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Улыўма баҳасы 600 мың АҚШ доллоры болған кәрханаға сырт елден 480 мың АҚШ доллары болған, жоңышқаны қайта ислеў арқалы шарўа маллары ушын от-жем (гранула) таярлайтуғын заманагөй әсбап-үскенелер алып келинди. Соның менен бирге кәрханада лаборатория шөлкемлестирилип, онда Франция мәмлекетинен ислеп шығарылған өнимниң сапасын анықлаўда үлкен әҳмийетке ийе «Spectra star» атлы әсбап-үскене алып келинди.
Бул жойбар иске түсирилиўи арқалы шарўа маллары ушын саатына 2 тоннаға шекем сапалы ҳәм тойымлы азықлық өнимин ислеп шығарыў имканияты жаратылып, тек ғана жергиликли шарўашылық тармағын от-жем менен тәмийинлеў ғана емес, ал экспорт потенциалын арттырыўда да әҳмийетли қәдем болады.
Кәрхана өз өнимлерин ишки базардан тысқары талап жоқары болған мәмлекетлерге, соның ишинде, Қытай Халық Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлерине экспорт етиўди режелестирген. Бул болса сыртқы базарларға шығыў, валюта түсимин арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе болып, районның экономикалық потенциалын арттырыўға хызмет етеди.