БҮГИН КОРОНАВИРУС ИНФЕКЦИЯСЫНАН ЖӘНЕ 17 АДАМ САЎАЛЫП ШЫҚТЫ!
1106
Қарақалпақстан Республикасы жуқпалы кеселликлер емлеўханасынан 4-май күни коронавирусқа шалынған 17 наўқас саўалып шықты. Олар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери қатнасында реабилитацияға жиберилди.
Нәтийжели емлеў процедуралары себепли бүгинги күнде лабораториялық тексериўлер олардың кеселликтен толық емленгенин көрсетти. Саўалып шыққан пуқаралар коронавирусқа шалынған наўқасларға көрсетип атырған итибар ҳәм ғамқорлығы, емлеўханада жаратылған шараятлар ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.
Бүгинге дейин елимизде 70 наўқас емлеген болса, бүгин олардың қатарына және 17 адам қосылды ҳәм олардың саны жәми 87 адамға жетти.
Коронавирус инфекциясына шалынған пуқаралардан және бир топары жақын күнлерде пүткиллей саўалып шығыўы күтилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети