Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллығы кең түрде белгиленди

Пайтахтымыз Нөкис қаласындағы орайлық Амфитеатрда елимиз ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллығына бағышланған «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» деген идея астында байрам салтанаты болып өтти.
Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, гүллән халқымызды ең уллы, ең муқаддес әййям – елимиз ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллығы байрамы менен қызғын қутлықлады.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда ҳурметли Президентимиздиң басшылығында барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстанда да кең көлемли реформалар әмелге асырылып, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда Президентимиз тарепинен Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген бир қатар әҳмийетли пәрман ҳәм қарарлар халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыўға беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Соның менен бирге, елимизде киши бизнес ҳәм исбилерменлик, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы сыяқлы тараўларда бир қатар инвестициялық жойбарлар әмелге асырылды. Буның нәтийжесинде халқымыз ушын жаӊа жумыс орынлары жаратылып, бир қатар ири өндирис кәрханалары, көплеген социаллық объектлер иске түсирилди.
Усы жылдың өзинде барлық тараўларда да жоқары нәтийжелерге ерисилип, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша илажлар кең түрде даўам еттирилмекте.











Байрам салтанатында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимнлери атқарылды.
Салтанатлы байрам илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти. Бағдарламадан орын алған көркем өнер шеберлери ҳәм жас талант ийелери атқарыўындағы Ўатан, дослық, тынышлық ҳәм татыўлық, жаслық ҳақкындағы қосықлар ҳәм аяқ ойынлар жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.