Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шымбай факультетиниң студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды
Бүгин, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шымбай факультетиниң толық қайта оңланып, пайдаланыўға тапсырылып атырған студентлер турақ жайының ашылыў салтанаты өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аппарат басшысы Ж.Идиятуллаев шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигинин 34 жыллығы ҳәм имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Илажда Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов, университет ректоры, академик А.Реймов, Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов сондай-ақ, университет жәмәәти ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Атап өтилгениндей мәмлекетимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың мүнәсип билим алыўы ҳәм ҳәр тәреплеме жетик инсан болып қәлиплесиўи ушын кең имканиятлар жаратылып берилмекте. 4,2 млрд. сум қаржы тийкарында 150 орынлық студентлер турақ жайында капитал оңлаў жумыслары алып барылып, студент жаслар ушын барлық қолайлы мүмкиншиликлердиң жаратылыўы мине усы бағдардағы ийгиликли ислерден бири есапланады.