Төрткүл районында жаңа мектеп пайдаланыўға тапсырылды
96
Ҳүрметли Президентимиздиң «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 404-санлы қарары қабыл етилип, қарар бойынша «Социаллық ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў» бағдарламасы қабыл етилген еди. Усы тийкарда республикамыздағы бир қатар социаллық объектлерде қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген.
Қарар менен Төрткүл районы «Шодлик» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан 73-санлы мектептиң 792 орынлы имараты ҳәм спорт залын қурыў ушын 18,2 млрд. сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары жуўмағына жеткерилди.
Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы байрамы кең түрде белгиленип атырған ўақытта жаңа мектеп пайдаланыўға тапсырылды.