Нөкис қаласында 25 мәҳәлле имараты пайдаланыўға тапсырылды
Мәҳәлле - бул халқымыз турмысының, үрп-әдет ҳәм қәдириятларының айнасы есапланады. Сонлықтан, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халықтың турмыс тәризин жақсылаў, бунда пуқаралар менен тиккелей ислесиўши мәҳәлле институтын жетилистириў, оның системалы жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Усындай ийгиликли жумыслардың даўамы сыпатында ҳүрметли Президентимиздиң мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў бойынша 408-санлы қарары тийкарында Нөкис қаласында 25 мәкан пуқаралар жыйынларының имараты жаңадан қурылды.
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы байрамында бул жаңа мәҳәлле имаратлары пайдаланыўға тапсырылды.
Әлбетте, жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылыўы усы аймақлар турғынларының абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етеди.