Елликқала районында жаңа мектеп пайдаланыўға тапсырылды
Ҳүрметли Президентимиздиң «Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фонды қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар, елимизде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Елликқала районы «Чўпон» мәҳәллесинде 74-санлы улыўма билим бериў мектебиниң улыўма баҳасы 8,2 млрд. сум болған жаңадан қурылған 220 орынлық имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары ушын заманагөй ҳәм қолайлы шараятларды жаратыў мақсет етилген бул жойбар - келешек әўладтың тәрбиясына қаратылған итибардың үлгиси болып есапланады. Ал, мәмлекетимиз ғәрезсизлиги кең түрде белгиленип атырған ўақытта мектептиң пайдаланыўға тапсырылыўы болса, район халқы ушын шын мәнисинде байрам саўғасы болды.