Беруний районында жаңа 330 орынлық мектеп пайдаланыўға тапсырылды
68
Инвестициялық бағдарлама шеңберинде Беруний районы «Бостан» мәҳәллеси Ёшлик елатлы пунктинде жаңа мектеп қурылып, бүгин илимге қуштар оқыўшыларды өз дәргайына қабыллады.
Бағдарлама шеңберинде 10,2 млрд. сум қаржы ажыратылып, 330 орынға мөлшерленген жаңа имарат, спорт зал, үскенеленген кәсипке таярлаў ханалары ҳәм асхана қурылды.
Алдын 8 км узақлықтағы мектепке қатнайтуғын аймақ турғынларының перзентлери енди өз үйлерине жақын жердеги заманагөй мектепте жаңа оқыў жылын баслады.