«Жаңадәрья» аўылында жаңа спорт зал пайдаланыўға тапсырылды
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-454-санлы қарарына тийкар, Тахтакөпир районында социаллық тараў инфраструктурасын беккемлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, райондағы «Жаңадәрья» АПЖ аймағындағы 19-санлы улыўма билим бериў мектеби жанында 1.7 млдр.сум қаржы тийкарында заманагөй, барлық талапларға жуўап беретуғын 12х24 өлшемдеги жабық спорт зал қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Спорт залдың пайдаланыўға тапсырылыўы мектеп оқыўшылары ушын дене тәрбиясы шынығыўларын жоқары сапада өткериў, спорт дөгереклериниң жумысын кеңейтиў, жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге хызмет етеди.