Кегейли районы «Гүжим терек» мәҳәллесинде жаңа мектеп қурып питкерилди
75
Елимизде барлық тараўлар қатарында билимлендириў тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли иләжлар әмелге асырылмақта. Билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы беккемленип, балалардың сапалы билим ийелеўи ушын қолайлы шараятлар жаратылмақта.
Ҳүрметли Президентимиздиң 404-санлы қарары менен «Социаллық ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў» бағдарламасына тийкар республикамызда кең көлемли қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды.
Атап айтқанда, Кегейли районы «Гүжим терек» МПЖ аймағынан 13,5 млрд. сум қаржы тийкарында жаңадан 330 орынлы мектеп имараты қурылды ҳәм пайдаланыўға тапсырылды.