Нөкис - Шымбай автомобиль жолында асфальт төсеў жумыслары алып барылмақта
110
Ҳүрметли Президентимиздиң "Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында"ғы 248-санлы қарарына муўапық, Нөкис қаласынан Тахтакөпир районына алып барыўшы Д234 "Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир" автомобиль жолының 59 километрлик бөлегин оңлаў ушын 15 миллиард сум қаржы ажыратылған еди.
Усы қарардың орынланыўы шеңберинде бүгинги күнде басқышпа-басқыш асфальт төсеў жумыслары әмелге асырылмақта.