Қарақалпақстанда Нөкис-2 жойбары шеңберинде 200 МВт қуўатлылыққа ийе самал станциясы қурылады
Азия Раўажланыў банки ҳәм ACWA Power арасында Қарақалпақстанда 200 МВт қуўатлылыққа ийе самал станциясы ҳәм Орайлық Азиядағы биринши аккумулятор энергиясын сақлаў системасын өз ишине алған Нөкис-2 жойбары бойынша 51 млн долларлық шәртнамаға қол қойылды.
Орайлық Азиядағы биринши аккумулятор энергиясын сақлаў системасын өз ишине алған Нөкис-2 жойбары мәмлекетти жылына 727 000 МВт/с артық таза энергия менен тәмийинлейди.
Жойбар мәмлекетти жылына 727 000 МВт/с дан артық таза энергия менен тәмийинлеп, CО₂ шығындыларын азайтады ҳәм 200 ден аслам жумыс орнын жаратады.
Бул жойбар Өзбекстанның кем углеродлы энергия келешегине өтиў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады. Жойбар самал энергиясын аккумулятор тийкарында энергияны сақлаў системасы менен бирлестирип, электр тармағының турақлылығын ҳәм энергия тәмийнатының исенимлилигин арттырады ҳәм мәмлекеттиң электр энергиясын ислеп шығарыў системасында қайта тикленетуғын энергия үлесин 2030-жылға шекем 54 процентке жеткериў мақсетин қоллап-қуўатлайды.