Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары сайланды
Усы жылдың 10-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз жетинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Ҳүкимет ағзалары, қала, район ҳәкимлери, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессияның күн тəртибине муўапық шөлкемлестириў мәселеси, яғный «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары туўралы» мәселе көрип шығылды.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ийелеп турған лаўазымынан азат етилди.
Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 47-санлы «Санаат» сайлаў округинен депутат Нуразизов Раджапбай Купалбековичтиң кандидатурасы усыныс етилди.
Усынылған талабанның кандидатурасын депутатлар көрип шықты ҳәм қоллап-қуўатлады.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 70-статьясының 4-бәнтине муўапық Нуразизов Раджапбай Купалбекович Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымына сайланды.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, Р.Нуразизов тайынлаўға шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары лаўазымында ислеп келген.