Торткүл районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери көрип шығылды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районында республикалық мәкеме-шөлкемлер, район белсендилери қатнасыўында мәжилис өткерди.
Онда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы берилген тапсырмалар бойынша ис-илажлар бағдарламасының сондай-ақ, алдынғы мәжилис дәўиринде берилген тапсырмалардың орынланыўы мәселелери қарап шығылды.
Атап өтиў орынлы, районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама тийкарында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген. Деген менен, айырым орынларда бар болған мүмкиншиликлер толық иске қосылмай атыр.
Атап айтқанда, мәҳәллелердеги жумыслардың әмелде орынланыўы, абаданластырыў, пукаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында илажлардың талап дәрежесинде емеслиги сынға алынды. Жуўапкерлер ескертилип, айырымларына интизамий жаза шарасын қоллаў бойынша тапсырмалар берилди.
Өткерилген мәжилис даўамында тез пурсатта ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип, анық ўазыйпалар атап өтилди ҳәм өз жумысын орынлаўға немқурайдылық пенен қарап атырған жуўапкерлерге интизамий жаза шарасын қоллаў, зәрүр болса лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.