Мәмлекетимиз басшысы барлық муғаллим, профессор ҳәм оқытыўшыларды қызғын қутлықлады
Президент Шавкат Мирзиёев Муғаллимлер ҳәм устазлар күни алдынан тараў хызметкерлери менен сөйлесиў өткермекте. Илажға барлық аймақлардан 40 мыңнан аслам педагоглар қосылған.
Сөзиниң алдында мәмлекетимиз басшысы өз өмирин жас әўладқа тәлим-тәрбия бериўдей дүньядағы ең уллы иске бағышлап киятырған барлық муғаллим, профессор ҳәм оқытыўшыларды – бир миллионлық педагоглар жәмәәтин мине, усы қутлы байрам менен қызғын қутлықлады.
Өткен ҳәптеде жанкүйер муғаллим ҳәм устазлар, билимлендириў ҳәм илим пидайыларының бир топарын мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықлаў ҳаққында Президент пәрманына қол қойылды.
Олардың арасында тараў хызметкерлери менен бир қатарда өз қаржысы есабынан билимлендириў дәргайларын қурған, оңлаған сақаўатлы исбилерменлер, билимлендириўдеги алдынғы жетискенликлерди енгизиўге жәрдем берип атырған сырт елли шериклеримиз, аймағында билимлендириўдиң раўажланыўы ушын зәрүр шараят жаратып берип атырған ҳәкимлер де бар.
Мәмлекетимиз басшысы жоқары атақ, орден ҳәм медальларды өз ийелерине тапсырды.